Кеше футбол бойынша жәҳән чемпионатында бир қатар ойынлар болып өтти.
Олардың дәслепкисинде футбол ўатаны деп тән алынған Англия Азияның бүгинги күндеги ең күшли командаларынан есапланған Иран сайланды командасы менен өз-ара ушырасты.
Ушырасыўдың 19-минутына келип Иран сайланды командасы дәрўазаманы Бейронвандтың өз қорғаўшысы менен дүгисип жарақат алыўы ҳәм Хуссейни менен алмастырылыўы иранлылардың ойынына өзиниң кери тәсирин көрсетти.
Буның нәтийжесинде Англия сайланды командасы ағзалары 1-таймның 35-43 ҳәм 45+1 минутларында 3 гол урып өз командасын алдыға алып шықты.
2-таймның 62-минутында болса, Сака және бир мәрте Иран дәрўазаманын лал қалдырып есапты 4-0 ге жеткерди.
65-минутқа келип Меҳди Тареми Англия дәрўазасына гол урып арадағы есапты қысқартқан болса, 71-минутта Сака орнына майданға түскен Маркус Рэшфорд өзине берилген дәслепки имканияттан нәтийжели пайдаланып англиялы жанкүйерлерди тағы да қуўанышқа бөледи.
Ушырасыўдың тийкарғы ўақтының соңғы минутында Жек Грилиш англичанлардың алтыншы голын урған болса, Меҳди Тареми қосып берилген ўақытта белгиленген 11 метрлик жәрийма тобын анық дәрўазаға жоллап, есапты азда болса қысқартыўға еристи. Есап 6:2 Англия пайдасына.
Усы топардың екинши ойынында болса, АҚШ сайланды командасы Гарет Бэйл жетекшилигиндеги Уэлс сайланды командасы менен өз-ара күш сынасты.
Бул ойынның 36-минутында Тимоти Веа америкалыларды есапта алдыға алып шыққан болса, 72-минутта Гарет Бэйл АҚШ дәрўазасына белгиленген пенальтиди анық әмелге асырып, өз командасына бир упай алып берди.
Солай етип бул топарда 1-турдан соң Англия 3 упай менен 1-орында киятырған болса, АҚШ ҳәм Уэльс 1 упай менен 2-3-орынларды ийелеп тур. Иран сайланды командасында болса ҳәзирше упай жоқ.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы