Украина Президенти Владимир Зеленский польшалы кәсиплеси Анжей Дудо менен телефон арқалы байланысты. Тәреплер Польша шығысында жүз берген жарылыўға байланыслы ўақыялар ҳаққында сөйлести.
«Мен Польша Президенти Дудо менен телефонда сөйлестим. Биз бири-биримиздеги бар мағлыўматларды алмастық. Фактлерге анықлық киргиздик», деп жазды өзиниң жеке социаллық тармағында Зеленский.
«CNN» телеканалының хабарына бола, Польша ҳаўа аймағында болған НАТО самолёты ракеталарының ҳәрекетин бақлап турған.
«Бул мағлыўматлар жедел НАТО ҳәм Польшаға жеткерилген», делинеди хабарда.
Ракеталардың қай жерден ҳәм ким тәрепинен ушырылғаны ҳаққында мағлыўмат берилмеген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги