Термиздеги әскерий бөлимлердиң биринде хызмет етип атырған қатардағы әскер К.Қ. денсаўлығы бойынша шағым еткени себепли 11-ноябрь күни Орайлық әскерий клиникалық госпитальға жатқарылған.
Медициналық тексериўлердиң нәтийжесинде наўқас К.Қ «жүректиң оң бөлимшесинде контраст толтырыў дефекти (тромб), геўде қуўысы аралығында көлемли суйықлық, еки тәреплеме гидроторакс» анықланған. 14-ноябрь күни наўқас қыстаўлы түрде «Америcан Ҳоспитал» клиникасында кардиохирург консультациясына алып барылған.
Наўқас өмири ушын диагноз ҳәм хирургиялық операциясы оғада қәўипли болып есапланады. Бирақ турмыслық көрсетпелерге тийкарланып хирургиялық операция ислеў зәрүрлиги себепли клиникада госпиталь қәнигелериниң қатнасыўында хирургиялық операция өткерилген.
Наўқастың улыўма жағдайы өткерилген хирургиялық операцияға бола аўыр түрде қалған. Өткерилген реанимациялық илажларға қарамастан наўқаста биологиялық өлим жүз берген.
Қорғаныў министрлиги