Мәмлекет шығысында жүз берген ўақыя мүнәсибети менен Россия елшиси Сергей Андреев Польша Сыртқы ислер министрлигине шақырылған. Бул ҳаққында СИМ сайтында айтылады.
«2022-жыл 15-ноябрь күни Россия Федерациясы Қураллы Күшлери тәрепинен Украинаның пүткил аймағы ҳәм оның әҳмийетли инфраструктуралық объектлериниң көп саатлар даўамында жалпыламай оққа тутылыўы бақланды. Нәтийжеде Польша Республикасының еки пуқарасы қайтыс болды», делинеди билдириўде.
Усы мүнәсибет пенен Россия елшиси СИМге шақыртылып, оннан тез арада толық түсиник бериў талап етилди.
Жергиликли радио шийшемби күни Польша шығысында Украина менен шегарада жайласқан Пшеводув аўылындағы (Люблин ўәлаяты) дән кептиретуғын объект жергиликли ўақыт пенен саат 15.40 та еки ракета менен урылғаны ҳаққында хабар берди. Соның ақыбетинде еки адам қайтыс болған.
«Kyodo» агентлигиниң хабарына бола, АҚШ Президенти Жо Байден ҳәм бир қатар дүнья жетекшилери «үлкен жигирмалық» саммити шеңберинде Польшадағы ўақыя мүнәсибети менен кеңес өткерди. Оған Япония, Уллы Британия, Канада, Франция, Нидерландия, Италия мәмлекетлери ҳәм Европа Аўқамының жоқары басшылары қатнасқан.
Ушырасыў себеплери ашық айтылмаған.
Россия Қорғаныў министрлиги Польша ғалаба хабар қураллары тарқатқан бул хабарды провокация, деп атаған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги