G20 еллери ядро қуралын пайдаланыў ямаса қолланыў қәўпине жол қойыўға болмайтуғынын атап өтти, деп жазбақта Financial Times газетасы ушырасыў жуўмақлары бойынша таярланып атырған коммюнике жойбарына сүйенип.

Сондай-ақ, бул ҳүжжеттиң жойбарында келиспеўшиликлерди тыныш жол менен шешиў, кризислерди сапластырыў ушын ҳәрекетлерди күшейтиў, дипломатия ҳәм сөйлесиўлер алып барыў турмыслық әҳмийетке ийе екени келтирилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги