Иран сыртқы ислер министри Ҳусайн Амир Абдоллахиян Европа Аўқамының Сыртқы ислер ҳәм қәўипсизлик сиясаты бойынша жоқары ўәкили Жозеп Боррель менен телефон арқалы сөйлести. Бул ҳаққында Иран СИМ баспасөз хызмети хабар берди.
«Сөйлесиў ўақтында Абдоллахиян ҳәм Боррель санкцияларды бийкар етиў бойынша сөйлесиўлерди даўам еттириў және МАГАТЭ ҳәм Иран арасындағы бирге ислесиў мәселелерин додалады», делинеди билдириўде.
Буннан алдын Иран СИМ рәсмий ўәкили Носир Канани Чафи МАГАТЭ делегациясы Тегеранға сапары тастыйықланғаны ҳаққында хабар берген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги