Самарқандта Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлер саммити болып өтпекте.

Онда Президент Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.

Мәмлекетимиз басшысы Түркия ҳәм Өзбекстан арасында жақында енгизилген автотранспорт электрон руқсатнамаларын алмасыў системасына Шөлкем мәмлекетлерин де қосылыўға шақырды.

– Быйыл Ташкентте өткерилген Биринши Түркий агрофорум азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында оғада үлкен имканиятымыз бар екенлигин анық көрсетти. Шөлкемимиздиң тек ғана өз мәмлекетлеримизди емес, ал сыртқы базарларды да аўыл-хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў имканияты бар. Соның менен бирге, бул бағдарда әмелий қәдемлеримизди және де күшейтиўимиз ҳәм анық жойбарлар тийкарында бирге ислесиўимизди тереңлестириўимиз зәрүр,-деди Президент Шавкат Мирзиёев.

– Мен бүгин Өзбекстанның Түркий мәденият халықаралық шөлкемине толық ағза болғанын жәриялағанымнан қуўанышлыман. Өзиниң 30 жыллығын белгилеп атырған шөлкем шеңберинде келеси жылы Түркий халықлар мәденияты фестивалын өткериў усынысын толық мақуллаймыз,-деди Шавкат Мирзиёев.

Өзбекстан Президенти Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық сыйлықты ҳәр жылы берип барыўды усыныс етти.

ӨзА