Нөкис қалалық Әдиллик бөлими Мәмлекетлик хызметлер орайында да халықтың күнделикли турмыста зәрүр болған хызметлерден артықша әўерегершиликсиз, турақлы жасаў орны қай жерде болыўына қарамастан экстерриториал принципинде толық пайдаланыўы жолға қойылған.
– Халыққа усындай тәртипте хызметлер көрсетиў жумыслары 2016-жылы 16 түрли хызметтен басланған еди,-дейди усы орайдың бөлим баслығы Қ.Оспанова. – Бүгинги күнге келип орайымыз арқалы 170 тен аслам түрдеги мәмлекетлик хызметлер көрсетилип, оның саны ҳәм сапасы артып бармақта.
Орай хызметкерлери, пуқараларымызға ҳәм өзлерине барлық қолайлықлар жаратылған заманагөй, жаңа имаратта жумыс ислеп, халыққа сапалы хызмет көрсетпекте.
Сондай-ақ, 60 қа шамалас лицензия, рухсат бериў өзгешелигине ийе ҳүжжетлердиң көрип шығылыўы бойынша мүддетлери қысқартылды. Быйылғы жылдың өзинде мәмлекетлик хызметлердиң көрсетилиўи ушын өндирилетуғын бажылар, жыйымлар ҳәм басқа да төлемлер сезилерли дәрежеде қысқартылды.
Атап айтқанда, адвокатлық бюроларын, адвокатлық фирмаларын ҳәм коллегияларын мәмлекетлик дизимнен өткериў базалық есаплаў муғдарының еки есесинен бир есесине, исбилерменлик субъектлерине мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлиги ҳаққында жаңа үлгидеги гүўалық бериў базалық есаплаў муғдарының бир есесинен базалық есаплаў муғдарының 20 проценти муғдарына түсирилди.
Көрсетилип атырған хызметлердеги статистикаға итибар қарататуғын болсақ, быйылғы жылдың 9 айы даўамында Нөкис қалалық Әдиллик бөлими мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен юридикалық ҳәм физикалық тәреплерге 130 мыңнан аслам мәмлекетлик хызметлер көрсетилди.
Бүгинги күнде тек орай арқалы ғана емес, ал орайдан алыста жайласқан орынларға да шыққан ҳалда көшпели мәмлекетлик хызметлер көрсетилип келинбекте. Орайға келиў имканияты болмаған пуқараларымызға көшпели тәртипте 5 мыңға шамалас мәмлекетлик хызметлер көрсетилди.
Тийкарынан орайдан узақта жайласқан Қаратаў, Бес төбе, Наўқанбағ, Шымбай гүзары, Қызылқум ҳәм Боз аўыл мәкан пуқаралар жыйынларында «Орай-мәҳәлле-пуқара» принципи, «Сиз келмең, өзимиз барамыз» ҳәм «Мәмлекетлик хызметлер орайы – мәҳәлледе» атамасында ҳәр қыйлы жойбарлар әмелге асырылып, хызметлер көрсетиў менен бирге, халыққа тараўымызға байланыслы мәселелерде ҳуқықый мәсләҳәтлер берилип, жәрдем көрсетилмекте.
Сондай-ақ, халықтың көп жыйналатуғын орынлары болған базарларда ҳәм саўда комплекслеринде «Өзимиз келдик» акциясы шеңберинде мобиль мәмлекетлик хызметлер көрсетилди.
Соның менен бирге, майыплығы болған, наўқаслығы себепли орайымызға келиў имканиятына ийе емес 68 пуқараға көшпели хызметлер көрсетилди. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет – халықтың узағын жақын етиў ҳәм артықша әўерегершиликлердиң алдын алыў, ең баслысы пуқараларымыздың орайға келип-кетиў қәрежетлерин үнемлеп, өзи жасатуғын аймағында турып хызметтен пайдаланыў имканиятын жаратыў болып табылады.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.