Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған «Уллы дәрежели Имам Бухарий» ордени менен сыйлықланды.
Түркий мәмлекетлердиң Самарқанд саммити шеңберинде бул сыйлықты тапсырыў мәресими болды.
Бәринен бурын, еки басшының да Имам Бухарий ҳәзиретине ҳүрмети жүдә жоқары екенин айтыў орынлы. Өзбекстан Президентиниң басламасы менен илмпаз мақбарасы жанында Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы ҳәм Ҳәдис мектеби шөлкемлестирилген. Мәмлекетимиз басшысы бул ҳаққында 2017-жылы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы сессиясында айтқанында, Түркия Президенти «бул жоқары минберден Имам Бухарий ҳәзиретиниң ҳүрметли аты биринши мәрте жаңлады» деп қанаатланған еди.
Быйыл Президентимиздиң мирәт етиўине бола, Өзбекстанның «Уллы дәрежели Имам Бухарий» ордени шөлкемлестирилди. Бул сыйлық пенен илим-ағартыўшылықты раўажландырыў, ислам дүньясы ойшылларының мийрасын үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаўдағы айрықша хызметлери ушын илимпазлар, изертлеўшилер, жазыўшылар, сондай-ақ, сырт мәмлекетлердиң ҳәм ҳүкиметлер басшылары сыйлықланады.
– Бул жоқары дәрежели орден Сизиң ислам ағартыўшылығын кеңнен ен жайдырыў, дүнья көлеминде мусылманлардың мәплерин қорғаў, умметимиздиң татыўлығы ҳәм абаданлығын тәмийинлеў, диний кеңпейилликти енгизиў, жасларды жақсылық руўхында тәрбиялаў жолындағы үлкен жумысларыңыздың мүнәсип тән алыныўы,-деди Шавкат Мирзиёев мәресимде.
Режеп Таййип Эрдоғанға сыйлықты мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев тапсырды.
Түркия Президенти уллы муҳаддис атындағы орденди алғанынан оғада қуўанышлы екенин атап өтти.
– Ҳәдис ҳәм фикҳ илиминиң шыңы болған Имам Бухарий атындағы бул баҳалы сыйлықты алғанымнан айрықша қуўанып, қанаатланаман. Шавкат Мирзиёевти биринши таныған ўақытларымнан берли Имам Бухарий мийрасынан үлгилер келтирип сөйлегени ушын менде туўысқаныма өзгеше бир ҳүрмет-муҳаббат пайда болған. Оның ҳәрекетлери менен Самарқанд илим дәргайлары қурылды, Түркия ҳәм Өзбекстан илимпазлары тығыз бирге ислеспекте. Бул орденди халықларымыз арасындағы әзелий ҳәм мәңги туўысқанлықтың, барлық тараўда раўажланып баратырған қатнасықларымыздың күшли белгиси сыпатында қабыл етемен. Өзимниң атымнан ҳәм миллетимниң атынан бул жоқары итибар ушын Өзбекстан Президенти ҳәм халқына шын кеўлимнен миннетдаршылық билдиремен, – деди Режеп Таййип Эрдоған.
ӨзА