Қазақ тилин билиў Қазақстан пуқаралығын алыўдың мәжбүрий шәрти етип белгилениўи мүмкин, деп мәлим етти мәмлекет бас министри Алихан Смаилов.

«Ҳәзир «Қазақстан Республикасы пуқаралығы ҳаққында»ғы нызамға дүзетиўлер ислеп шығылған, оған бола, мәмлекетлик тилди, тарийх ҳәм миллий нызамшылық тийкарларын билмеў пуқаралық берилиўи ямаса пуқаралықты қайта тиклеўди бийкар етиўге тийкар болыўы мүмкин», – делинеди Қазақстан ҳүкимети басшысының республика парламенти депутатларының сораўына берген жуўабында.

Смаиловтың атап өтиўинше, қазақ тилин, Қазақстан халқының дәстүрлерин ҳәм мәдениятын үйренбекши болғанлар ушын республикада 174 екшемби мектеплери жумыс алып барады. Бул мектеплерде сабақлар бийпул. Буннан тысқары, қазақ тилин жергиликли атқарыў уйымларындағы тил орайларының базасында да үйрениў мүмкин.

Конституцияға бола, Қазақстанда мәмлекетлик тил қазақ тили есапланады. Мәмлекетлик шөлкемлерде ҳәм жергиликли өзин-өзи басқарыў уйымларында қазақ тили менен бир қатарда рус тилинен де рәсмий пайдаланылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги