Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жыл 12-декабрьдеги «Халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң миллий системасын түп-тийкарынан реформалаў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикамызда өткен қысқа ўақыт ишинде 12 жаңа ҳәм заманагөй мәмлекетлик хызметлер орайы бой тиклеп, халқымыз ийгилиги жолында хызмет көрсетпекте. Жақында және бир орайдың жаңа имаратының ашылыў салтанаты болып өтти.
Усы мүәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министриниң орынбасары Х.Мелиев, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри С.Мамбеткадиров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында мәмлекетлик хызметлер орайы жумысларын жетилистириў, халыққа көрсетилип атырған хызметлердиң түрлерин көбейтиў, оларға тез ҳәм сапалы хызмет көрсетиў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтип, жыйналғанларды жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.
Район орайындағы Ғәрезсизлик көшесинде жайласқан жаңа имаратта электрон гезек системасы, мағлыўмат беретуғын киоск, өз-өзине электрон хызметлер көрсетиў мүйеши, балалар майданшасы ҳәм мини-китапхана жайласқан. Сондай-ақ, орайға келген пуқаралардың мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў имканиятлары ҳаққында мағлыўмат алыўы ушын стендлер ҳәм көргизбели плакатлар орнатылған.
Бул жерде пуқаралар мәмлекетлик хызметлерден экстерриториал түрде, яғный жасайтуғын ҳәм дизимнен өткен мәнзилине қарамастан пайдаланыўы мүмкин. 250 ге шамалас мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў имканияты жаратылған. Енди районның Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери орайға келетуғын он мыңнан аслам район халқына кең ҳәм ықшам, барлық қолайлықларға ийе имаратта хызмет көрсетеди.
Қатнасыўшылар жаңа имараттың ишки жағдайлары менен танысты.
Жаңа имаратта юридикалық хызмет көрсетиў орайы, Әдиллик ҳәм ПҲАЖ бөлимлери де жайласқан.
Усы күнниң өзинде жаңадан пайдаланыўға берилген районлық ПҲАЖ бөлиминде дәслепки неке дизимге алынды. Шаңарақ қурған жас жубайлар – Мансур Қурбанбаев ҳәм Айнур Кенжебаеваға бахытлы өмир тилеп, оларға неке дүзилгенлиги ҳақындағы гүўалығы салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Пайдаланыўға тапсырылған бул имарат район халқының турмыслық талапларын питкериўге, бүгинги күннен разы болып жасаўына хызмет етеди.
М.Пирназарова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы.