Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм Мәмлекетлик Салық басқармасы арасында спорттың волейбол түри бойынша жарыс өткерилди.
Баслы мақсет – усы сәнени көтериңкилик кейпиятта өткериў.
Өткерилген жарыста Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң командасы жеңимпаз болды.
Жарыс жеңимпазларына Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик хызмет хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер хызметкерлери, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық уйымлары бирлескен кәсиплик аўқамы комитетлери тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Илаж даўамында тараўда мийнет етип атырған хызметкерлердиң мәпин қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы да пикир алысыўлар болып, жарыс дослық ҳәм бирге ислесиў, тәжирийбе алмасыў майданына да айланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.