Бул ҳаққында мәмлекет сыртқы ислер министрлигиниң халықаралық бирге ислесиўшилер бойынша арнаўлы елшиси Лейла Зарукий баянат берди, деп жазбақта «Аш-Шурук» баспасы.
«Альжир БРИКСке ағза болыў ушын рәсмий түрде арза тапсырды»,-деген дипломат.
Август айында мәмлекет президенти Абдулмажит Теббун республика БРИКСке қосылыўға таяр екени ҳаққында мәлим еткен еди. Оның атап өтиўинше, шөлкемге ағза болыў ушын Альжирде барлық шараят жетерли.
Июнь айында Иран да Брикске арза тапсырғаны мәлим етилген еди. Кейин ала Индонезия, Түркия, Саудия Арабстаны, Египет ҳәм Аргентина мәмлекетлери де шөлкемниң есигин қағып атырғаны ҳаққында хабар тарқалды.
Ҳәзирги күнде БРИКС экономикалық структурасына Россия, Қытай, Бразилия, Ҳиндстан ҳәм Қубла Африка Республикасы киреди.
ӨзА