АҚШ Президенти Жо Байден «Ликуд» партиясының жетекшиси Биньямин Нетаньяху менен телефон арқалы сөйлесиўде еки тәреплеме қатнасықлар беккемленетуғынын атап өтип, Израиль қәўипсизлигин тәмийинлеў нийетинде екенине исендирди. Бул ҳаққында Ақ үй баспасөз хызмети тарқатқан билдириўде айтылады.
«Президент улыўма демократиялық қәдриятлар ҳәм мәплерге тийкарланған АҚШ-Израиль еки тәреплеме бирге ислесиў қатнасықларын және бир мәрте тастыйықлады ҳәм Израиль қәўипсизлигин сөзсиз қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти».
«Жетекшилер Израиль ҳүкимети қайта қәлиплестирилгеннен соң, және сөйлесиўге келисип алды» делинеди билдириўде.
Қарақалпақстан хабар агентлиги