АҚШ Әзербайжан ҳәм Армения арасындағы еки тәрепелеме сөйлесиўди қоллап-қуўатлайды. Қурама Штатлар Әзербайжан ҳәм Армения арасындағы Таўлы Қарабақ мәселесин шешиў, Баку ҳәм Ереванның тынышлық ушын тиккелей сөйлесиўиниң тәрепдары, деп атап өтеди АҚШ мәмлекет хаткери Энтони Блинкен.
Бас хаткердиң сөзлерине қарағанда, ушырасыў даўамында үш тәрептиң усы жылдың гүзинде БМШ Бас Ассамблеясының Нью Йорктағы 77-сессиясы шеңберинде басланған ҳәм «кейинги сөйлесиўлерде» ислеп шығылған «жүдә нәтийжели сөйлесиўлер» даўам етиўи күтилмекте.
«АҚШ ҳәзирги жағдайда «ҳәм Арменияға, ҳәм Әзербайжанға дос» болып, Баку ҳәм Ереванды «беккем тынышлық жолынан» барыў тилеклерин қоллап-қуўатлаў ушын өз тәрепинен барлық нәрсе ислеўге таяр» деп қосымша етти Блинкен.
Қарақалпақстан хабар агентлиги