91 миллиард доллар дәраматқа ийе болған бизнес патшасы ҳәм белгили “Microsoft” компаниясының тийкарын салыўшысы Билл Гейтес табысқа ерисемен дегенше өмирдиң көп қыйыншылықларын көрген. Енди биз оның ең керекли мәсләҳәтлерин тыңлап,  оларды өмиримизде қолланыўымыз ҳәм олардан аңсат пайдаланыўымыз мүмкин. Демек, Билл Гейтстиң табысқа қарай 10 қағыйдасы төмендегише:

1. Энергияға ийе болыў.

Егер сиз табыслы,  мәнили өмир сүрмекши болсаңыз мийнет етиўге таяр болың. Өмирде сизди ҳәр қыйлы сынақлар ҳәм қыйыншылықлар күтпекте,  демек олардан жақсы өтиў ушын сизде жетерли дәрежеде күш,  энергия ҳәм ғайрат болыўы керек, әлбетте.

2. Басқаларға уқсамаң.

Егер басқалардан көбирек нәтийжеге ерисиўди қәлесеңиз,  демек көпшиликке уқсамаўыңыз керек. Қәте ислеўден қорықпаң,  ҳәттеки, егер бул надурыс жол деп ойласаңыз да тәўекел етиң.

3. Тынбай мийнет етиң.

Бул ҳәммеге белгили нәрсе, түсиндириўге зәрүрлик жоқ. Егер табыслы болыўды қәлесеңиз,  мийнет етиўиңиз керек.

4. Келешекти жаратың.

Санаңызды, фантазияңызды ислетип келешегиңизди жаратың. θз қүдиретиңизге исениң.

5. Жумысыңыздан рәҳәтлениң.

Егер өнериңизди жақсы көрсеңиз бир күн де ислегендей болмайсыз. Сизди илҳамландыратуғын адамлар менен ислесиң ҳәм ҳәр қашан мақсетлерге қарай ҳәрекет етиң.

6. Ойнаўға ўақыт табың.

Сизди ойлаўға шақыратуғын хоббиларға қызығың. Биз көбинесе бир усылда ойлаўға әдетленемиз,  хоббилар болса бизге жаңаша пикирлеўди,  машқалаларды басқаша жоллар менен шешиўди үйретеди.

7. Мәсләҳәт сораң.

Өзиңиз ҳәўес еткен адамлардан, сизди жақсы билетуғынлардан мәсләҳәт сораң. Өз кемшиликлериңизди түсиниўге ҳәрекет етиң, көрмей атырған нәрселериңизге әҳмийет бериң. Керек болғанда жәрдем сораўдан қорықпаң.

8. Жақсы инсанларды таңлаң.

Ерискен табысыңызды адамлар менен бирге қурасыз,  яки бузасыз. Егер надурыс адамларды жумысқа алсаңыз яки надурыс адамлар менен бирге болсаңыз, қәлеген нәтийжеңизге ҳеш қашан ериспейсиз. Сизди қоллап-қуўатлайтуғынларды табың ҳәм сизди ҳәр қашан ҳәрекет ислеўге ийтермелейтуғын адамлар менен болың.

9. Жумысты кейинге қалдырмаң.

Кейинге қалдырыў – бул дөретиўшилик етиўдиң өлими. Бизнесте табысқа ерисиў ушын,  ўақтыңызды дурыс ҳәм нәтийжели режелестириң.

10. Ҳәзилкеш болың.

Табысқа қарай жол ойлы-бәлентлерден ибарат болады. Егер ҳәзиллеспеңиз,  күлмесеңиз, узаққа бара алмаўыңыз мүмкин. Қаншелли бай яки ҳүрметли болмаң,  ҳәр қашан юморды есиңизден шығармаң.

Азизбек Дабылов,

ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги