“Google” көплеген программистлер әрман еткен ҳәм жумыс ислеў ушын дүнядағы ең жақсы орынлардан бири деп тән алынған компания. “Google”диң 40 тан аслам мәмлекетлердиң 70 тен аслам офислери бар. Компания хызметкерлериниң улыўма саны 50 000 адамнан асады.

“Google” компаниясында ислейтуғын хызметкерлер ушын администрация тәрепинен барлық шараятлар жаратылады. Оларға бийпул азық-аўқат,  ойын бөлмелеринен пайдаланыў мүмкиншилиги ҳәм ҳәттеки кир жуўыў хызмети усыныс етиледи. Буннан гөзленген мақсет программистлердиң қымбатлы ўақтын хожалық мәселелери менен бәнт етип қоймаў болып табылады.

“Google” программистлериниң орташа жыллық мийнет ҳақысы 120 мың АҚШ долларын қурайды.

 

Азизбек Дабылов,

ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги