«Анадолу» мәлимлеме агентлигиниң жазыўынша, Түркия Президенти Режеп Таййиб Эрдоған мүтәж мәмлекетлерге ғәллени тегин жеткерип бериў мәселесинде Россия Президенти Владимир Путин менен келисетуғынын билдирген. Бул ҳаққында Түркия басшысы Стамбулдағы «MUSIAD EXPO» көргизбесинде айтты.

Эрдоғанның атап өтиўинше, телефон арқалы сөйлесиўде Президент Путин мүтәж мәмлекетлер – Жибути, Сомали ҳәм Суданға ғәллени тегин жибериў усынысын билдирген. Бул мәселеде улыўма келисимге еристик, деди Эрдоған.

Оның сөзлерине бола, «ғәлле коридоры» арқалы аўыл хожалығы өнимлери, биринши гезекте Африканың мүтәж мәмлекетлерине жеткерилетуғынын тәмийинлеўге ҳәрекет етиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги