Бали атаўында болып өтетуғын G20 саммитине он жети мәмлекет басшысы қатнасатуғынын тастыйықлады, деп хабар бермекте Блумберг агентлиги.
Пийшемби күни болып өткен брифингте Индонезия және үш мәмлекет басшысынан жуўап күтип отырғаны айтылады. Қәўипсизлик жағынан Индонезия саммитке келетуғын мәмлекет басшыларының атын жәрияламайды, делинеди хабарда.
Мәмлекет сыртқы ислер ўәкилиниң қосымша етиўинше, Индонезия Президенти Жоко Видодо олардың атын илаж басланатуғын күн жақынласқанда жәриялаўы мүмкин.
Еслетип өтемиз, G20 саммити 15-16-ноябрь күнлери болып өтеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги