Twitter тармағының жаңа ийеси Илон Маск компанияда шама менен 3,7 мың жумыс орнын қысқартыўды режелестирмекте. Исбилермен компанияны сатып алғаннан кейин усы жол менен қәрежетлерди азайтпақшы, деп жазбақта Блумберг агентлиги.

«Илон Маск қәрежетлерди азайтыў ушын Twitter Inc.  социаллық медиакомпаниясының шама менен 3700 жумыс орнын қысқартпақшы», – делинеди агентлик тарқатқан хабарда.

Бурын хабар бергенимиздей, Маск бул социаллық тармақты 44 миллиард долларға сатып алған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги