Евроаўқам дипломатиясы басшысы Жозеп Боррельдиң мәлим етиўинше, Евроаўқам бүгинги күнге шекем Украинаға 22 миллиард евролық қаржылай, әскерий ҳәм гуманитарлық жәрдем берген. Буған аўқамға киретуғын мәмлекетлер менен Украина арасындағы еки тәреплеме әскерий жәрдемлер кирмейди.
«ЕА ҳәзирше Украинаға 22 миллиард евро муғдарында жәрдем ажыратты. Буған ЕАға ағза мәмлекетлердиң Украинаға еки тәреплеме бирге ислесиўлер тийкарында көрсеткен әскерий жәрдемлери кирмейди», – деди Боррель.
Оның шығып сөйлегени ЕА Кеңесиниң сайтында берилгени айтылмақта.
Боррель «Үлкен жетилик» мәмлекетлери сыртқы ислер министрлериниң Германияның Мюнстер қаласында өткерилип атырған ушырасыўына қатнаспақта. Онда қатнасыўшылар Россияның арнаўлы әмелиятының Украинаға жеткерген зыянларын додаламақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги