АҚШ Қытай менен Россиядан ядро сынақларының алдын алыў ушын Арқа Кореяға тәсир өткериўин қәлейди, деп хабар бермекте Рейтер.
«Мен Россия ҳәм Қытайдың Арқа Кореяға тәсир ететуғынына исенемен», деди АҚШ тың рәсмий ўәкили.
«…Қытай ҳәм Россия узақ ўақыттан берли Арқа Кореяның ядролық бағдарламасына қарсы болып келген. Биз олардың өз тәсиринен пайдаланып, Арқа Кореяның ядро қуралларын тоқтатыўы ушын ҳәрекет етиўине исенемиз» дейди дәрек.
Бул билдириўди рәмий ўәкил Арқа Корея ракета ушырғаны мүнәсибети менен жума күни БМШ Қәўипсизлик кеңеси мәжилисинде көрип шығылыўы талап етилгенинен кейин берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги