Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш пенен телефон арқалы сөйлесиўде дән шәртнамасын созыў мәселесин шешиў зәрүрлигин айтты. Бул ҳаққында Түркия жетекшиси администрацияның баспасөз хызмети хабар берди.
«Президент Эрдоған енди ғәлле экспорты бойынша Стамбул келисимин создырыў мәселесине қайтадан итибар қаратыў зәрүрлигин атап өтти. БМШ Бас хаткери Түркия жетекшисине дән коридорын тиклеў бойынша ҳәрекетлери ушын миннетдаршылық билдирди», делинеди хабарда.
Эрдоған сәўбетлесиў ўақтында «Россия ҳәм Украина менен жоқары дәрежеде алып барылған дипломатиялық байланыслардың нәтийжесинде ғәлле коридоры қайта жеделлескенинен қанаатланғанын атап өтти».
Гутерриш пенен сәўбетте дән келисими менен бир қатарда Украина әтирапындағы келиспеўшиликлер додаланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги