Украина президенти Владимир Зеленский Чехия телевидениесине берген интервьюинде күшли қәўипсизлик системасының жоқ екенлигин мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы қәтеси деп атады.
Зеленскийдиң сөзлерине бола, Украина Россия менен прагматикалық қатнасықлар орнатыўы керек, себеби Москва үлкен қәўип пайда етеди.
«Ғәрезсизликтиң өткен 30 жылында биз күшли қәўипсизлик системасын көрмедик, себеби биз олардан (Россиядан ред.) бундай агрессив қәдемлерди күтпеген едик. Бул мәмлекетимиздиң, Украина сиясатының ең үлкен қәтеси еди», дедйи Украина басшысы.
Сондай-ақ, өзиниң интервьюинде Зеленский ядролық урыстан қорықпаўға шақырды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги