Сәршемби күни Арқа Корея Япон теңизине қарай баллистикалық ракета ушырды. Бул ҳаққында биринши болып Японияның жағалық қәўипсизлиги хызмети хабар берди.

Японияның жуўапкер адамлары  теңизшилерге мүрәжат етип, регионда кемелердиң ракета бөлеклери табылса, оларға жақынласпаўға, тез арада рәсмийлерге мүрәжат етиўге шақырмақта.

Жыл басынан берли КХДР 29 ракета ушырған, олардан 23 и ҳәр қыйлы баллистикалық ракеталарды қурайды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги