Анналена Бербоктың Япония сыртқы ислер министри Ёсимиса Хаяси менен де ушырасыўы күтилмекте, деп хабар бермекте «Euronews».
Хабарға қарағанда, 3-ноябрь күни Токиода Япония ҳәм Германия сыртқы ислер ҳәм қорғаныў министрлериниң қатнасыўында «2+2» формата ушырасыў болып өтеди. Сөйлесиўлер жүзбе-жүз ҳәм онлайн тәртипте өтеди.
Еслетип өтемиз, елимизде сапар менен болып турған Германия сыртқы ислер министри Анналена Бербок бүгин бир қатар ушырасыў ҳәм илажларға қатнаспақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги