АҚШ мәмлекетлик хаткери Энтони Блинкен Қытай сыртқы ислер министри Ван И менен телефон арқалы болып өткен сөйлесиўде байланыс каналларын ашық сақлаў зәрүрлигин атап өтти, деп хабар бермекте мәмлекет департаменти.

«Энтони Блинкен Қытай мәмлекетлик кеңеси ағзасы ҳәм сыртқы ислер министри ванн И менен телефон арқалы сөйлесип, Америка – Қытай қатнасықлары ушын жуўапкер болған басқармалар арасындағы байланыс каналларының ашық-айдынлығын тәмийинлеў мәселесин додалады», – делинеди хабарда.

Сондай-ақ, сөйлесиўде Россияның Украинада өткерип атырған арнаўлы әмелияты ҳәм оның глобаллық қәўипсизлик және экономикалық турақлылыққа тәсири додаланғаны айтылмақта. Блинкен Гаитиде гуманитарлық ҳәм қәўипсизлик тараўларында жағдайдың жаманласқанына да итибар қаратқан, Гаити халқын қоллап-қуўатлаў ушын келеси ҳәрекетлерди муўапықластырып барыў зәрүрлигин атап өткен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги