Норвегия Украинадағы урыс себепли өз қураллы күшлерин жоқары таярлық ҳалатына келтирмекте. Соның менен бирге, рәсмийлер Россия тәрепинен анық қәўип-қәтерлердиң дәлиллерин еле көрмей атыр;

БМШ Бас Ассмаблеясы Израилды ядролық қуралдан ўаз кешиўге шақыратуғын резолюцияны қабыл етти;

77 жастағы Лула да Силва үшинши мәрте Бразилия Президенти етип сайланды. Ол екинши турда 50,85 процент даўыс топлаған;

Қытай өзиниң «Тяньгун» космослық станциясына соңғы модулди табыслы ушырды. Жылдың ақырына шекем станция толық жыйналыўы күтилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги