Бразилияда өткерилген президентлик сайлаўдың екинши тур нәтийжелерине бола, Луиз Инасио Лула де Силва 50,9 процент даўыс пенен жеңиске еристи. Бразилияның әмелдеги президенти Жаир Болсонаро 49,1 процент даўыс пенен жеңилди.
Лула де Силва президентлик жумысын 2023-жылдың 1-январынан баслайды. Бразилияда жәми 156 миллион сайлаўшы бар. Биринши тур сайлаўда Лула де Силва 48,43 процент, Болсонаро 43,20 процент даўыс алған еди.
Қәнигелердиң пикиринше, Болсонароның сайлаўдағы жеңилисине экономикалық кризис, COVID-19 пандемиясында қайтыс болған 700 мың бразилиялы, Амазонка тоғайларының қысқарып барыўы және ҳүкимет системасындағы коррупциялар себеп болған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги