Украина пайтахты жанындағы энергетика объектине ракета соққылары берилиўиниң ақыбетинде Киевтиң 80 процент халқы ишимлик суўынан үзилип қалды.
Киев қаласы мэриясының мағлыўматына бола, суў тәмийнатын тезирек тиклеў бойынша жумыслар алып барылмақта.
Қалалыларға болса жақын-аралықтағы ислеп турған суў дәреклери ямаса саўда орынларынан суў алып қойыў усыныс етилген.
31-октябрь күни таңда Украина, соның ишинде, Киевтиң әҳмийетли инфраструктуралық объектлерине Россия ракета соққыларын берди. Ақыбетте пайтахт Киев электр ҳәм суўсыз қалды.
Ҳәзирги ўақытта энергетиклер Киевтеги 350 мыңнан аслам хожалықты тәмийинлеўши энергия объектин оңламақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги