Ҳиндстанның Гужарат штатында көпирдиң қулаўы ақыбетинде қайтыс болғанлардың саны 140 адамға жетти. Бул ҳаққында NDTV хабар бермекте.
Айырым дәреклер болса, қурбанлар санын 132 деп көрсетпекте.
Полиция баслығы П.Декавадиа излеў даўамында қурбанлар санының артыўы мүмкин екенлигин айтты.
Еслетип өтемиз, 30-октябрь күни кеште Ҳиндстан батысындағы Мачху дәрьясы арқалы өткен 140 жыллық пиядалар көпири 500 ге шамалас адам менен қулап түсти. Олардың 350 ден артығы суўда қалып кеткен.
Жергиликли телеканал мағлыўматларына бола, ҳәдийсе ақыбетинде дәслеп 90 адам қайтыс болған, және 100 адам бийдәрек жоғалғанлар дизиминде. Рәсмийлер қурбанлар санының артып барыўы мүмкин екенлигин айтпақта.
Көпир жети айлық оңлаўдан соң, 26-октябрь күни ашылған еди. Көпир жеке меншик компания тәрепинен оңланған ҳәм арнаўлы сертификатсыз пайдаланыўға тапсырылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги