Бүгин, 31-октябрьде Россия, Әзербайжан ҳәм Армения жетекшилери – Владимир Путин, Илҳам Алиев ҳәм Никол Пашинян Сочида ушырасады.
Хабарда айтылыўынша, үш мәмлекеттиң басшылары 2020-жыл 9-ноябрь, 2021-жыл 11-январь ҳәм 26-ноябрьдеги келисимлерди әмелге асырыў және турақлылықты беккемлеў бойынша кейинги қәдемлерди көрип шығыўы режелестирилген.
Сондай-ақ, үш тәреплеме сөйлесиўлерде Кавказ артында қәўипсизлик, саўда-экономикалық ҳәм транспорт байланысларын тиклеў және оларды раўажландырыў мәселелериниң додаланыўы күтилмекте.
Буннан тысқары, мәмлекет жетекшилериниң еки тәреплеме ушырасыўлар өткерилиўи де мөлшерленген.