Пүткил жер жүзилик бокс шөлкеми  (WBO)  тәрепинен 2022-жылдың ең жақсы боксшиси деп украиналы профессионал боксши Александр Усик тән алынды.

Еслетип өтемиз, WВО, WВА, IBF, IBO кәмарларының ийеси Александр Усик быйыл тек бир ғана ушырасыўға шығып, онда британиялы Энтони Жошуа үстинен жеңиске ерисиўге миясар болды.

«Бизлер сени мақтаныш етемиз, дүньяның ең жақсы боксшиси усы жерде екенлигинен мақтанамыз»,-деди пүткил жер жүзилик бокс шөлкеми президенти Франсиско Валькарель Александр Усикке қарата.

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.