Усы жыл 25-октябрь күни Нөкис қаласындағы Кураш орайында Кураш бойынша «Бес баслама олимпиадасы»ның екинши мәўсими шеңбериндеги жарыслардың Нөкис қалалық басқышы өткерилди.

Бул жарысқа қаладағы мәкан пуқаралар жыйынларынан жәми 17 команда, 48 спортшы (24 ер адам, 24 қыз) қатнасты.

Жарыс халықаралық кураш қағыйдаларына муўапық өткерилди.

Жарыс жуўмағына бола 16-21 жас аралығындағы спортшылар арасынан Нәўбәҳәр МПЖдан Ш.Медетбаев 46 килограмм салмақ категориясы бойынша, Алланияз Қаҳарман МПЖдан А.Муратаев 50 килограмм салмақ категориясы бойынша, Жаңабазар МПЖ дан А.Ерзазаров 60 килограмм салмақ категориясы бойынша, Шымбай гүзары МПЖ дан Д.Уралбаева 48 килограмм салмақ категориясы бойынша, Қызылқум МПЖ дан Г.Тәңирбергенова 52 килограмм салмақ категориясы бойынша, Алтын жағыс МПЖ дан Д.Орынбаева 63 килограмм салмақ категориясы бойынша биринши орынды ийеледи.

Ал, 22-26 жас аралығындағы спортшылар арасынан Туңғыш қоныс МПЖ дан А.Дәўленов 73 килограмм салмақ категориясы бойынша, Жаңабазар МПЖ дан Н.Тәжибаев 81 килограмм салмақ категориясы бойынша, Қызылқум МПЖ дан А.Ибрагимов 90 килограмм салмақ категориясы бойынша, Қызылқум МПЖ дан А.Ибрагимова 63 килограмм салмақ категориясы бойынша, Нәўбәҳәр МПЖ дан А.Медетбаева 70 килограмм салмақ категориясы бойынша, Жипек жолы МПЖ дан К.Сәрсенова 78 килограмм салмақ категориясы бойынша биринши орынды ийеледи.

Жарыстың салтанатлы мәресимлеринде Қарақалпақстан Республикасы Спортты раўажландырыў министрлигиниң бөлим баслығы И.Қудаяров, Нөкис қаласы Прокурорының орынбасары Қ.Асанов, Нөкис қаласы Спортты раўажландырыў бөлиминиң баслығы Қ.Ержанов ҳәм Өзбекстан кураш федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң атқарыўшы директоры С.Жүсипбековлар қатнасты.

Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

(М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери)