Кеше Пекинде Қытай Коммунистлик партиясы Орайлық комитетиниң 20-шақырық биринши пленумы болып өтти.

Әнжуманда ҚХР басшысы, 69 жасар Си Цзиньпин үшинши бес жылға комитет бас хаткери лаўазымына қайта сайланды.

Кеше ҚКП Орайлық комитети ХХ съездиниң жуўмақлаўшы мәжилисинде сайланған жаңа ағзалар Сиясий бюроға ҳәм структураның турақлы жумыс алып баратуғын комитети жаңа қурамына тастыйықланды.

Сиясий бюро 25 адамнан ибарат.

Пленум болып атырған Пекинде қәўипсизлик илажлары күшейтилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги