Индонезия денсаўлықты сақлаў министрлиги саммити қатнасыўшыларынан 15-16-ноябрь күнлери болып өтетуғын саммитке келиўден бурын COVID-19 ға қарсы толық шаншылғаны ҳаққында мағлыўматнама таярлаўды талап өтти, деп хабар бермекте ANTARA агентлиги.
Бул ҳаққында Индонезия санитариялық қадағалаў ҳәм карантин бойынша министрликтиң директоры Аҳмад Фарчанди виртуал тәртипте өткерилген баспасөз әнжуманында мәлим етти. «Халықаралық дәрежеде келисилген, қатнасыўшылар толық шаншылған болыўы керек – бул еки доза», – деп түсиндиреди ол.
Еслетип өтемиз, бул саммит 15-16-ноябрь күнлери Индонезияның Бали атаўында болып өтиўи белгиленген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги