Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 14-октябрь күни Қазақстанның пайтахты Астана қаласында Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилисинде қатнасты.

Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев басшылығында болып өткен саммит жумысында  Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев, Армения Республикасы Бас министри Никол Пашинян, Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов ҳәм ҒМДА Атқарыў комитетиниң басшысы – Атқарыўшы хаткери Сергей Лебедев қатнасты.

Күн тәртибине муўапық делегациялар басшылары шөлкем шеңбериндеги көп тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм бул бағдарда ерисилген нәтийжелер бойынша пикир алысты, сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы байланысларды және де кеңейтиў мәселелерин көрип шықты.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде ҒМДА шеңбериндеги шерикликти беккемлеўдиң әҳмийетли бағдарлары бойынша өз көз-қарасын билдирди.

Атап өтилгениндей, жер жүзиндеги қыйын жағдай, күшейип баратырған кескинлик ҳәм стратегиялық абстрактлық турақлы раўажланыў бағдарындағы ҳәрекетлерди бирлестириў ҳәм   ҒМДА майданынан максимал дәрежеде нәтийжели пайдаланыўды талап етпекте.

Дослық Аўқамы мәмлекетлеринде избе-из экономикалық өсиўге ерисиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Ҳәзирги қәўиплерге қарамастан, ҒМДА шеңберинде барлық бағдарлар бойынша унамлы өсиў пәтлерин тәмийинлеўге ерисилип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Атап айтқанда, Өзбекстанның шөлкемге ағза мәмлекетлер менен товар айланысы өткен жылдың жуўмағына бола, 35 процентке артты, усы жылдың басынан берли болса және үштен бирге өсти.

Машина қурылысы, энергетика, химия, фармацевтика, тоқымашылық ҳәм басқа да тараўларда кооперация жойбарлары табыслы әмелге асырылмақта. Тек ғана кейинги айлардың өзинде ҒМДА мәмлекетлериндеги шериклер менен 800 ден аслам жаңа кәрхана иске қосылды.

Соның менен бирге, өз-ара саўдадағы тосқынлықларды оператив сапластырыў бойынша тәсиршең илажлар көриў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы баҳаның жасалма өсиўине жол қоймаў ҳәм инфляцияны жылаўлаў мақсетинде ҒМДА мәканында азық-аўқат өнимлери иркинишсиз жеткерип берилиўи ушын қолайлы шараятлар жаратыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Мәмлекетлеримиздиң транспорт системасына болған қатаң қәўиплерди есапқа алған ҳалда, жаңа логистика жолларын биргеликте раўажландырыў оғада әҳмийетли. Бул жерде гәп «Термиз-Мозори-Шариф-Қабул-Пешовар» ҳәм «Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан» темир жолларын қурыў жойбарлары ҳаққында бармақта. Олар ҒМДАны трансрегионаллық транспорт тасыўлардың әҳмийетли шынжырына айландырыўға жәрдемлеседи.

ҒМДА мәканындағы бирге ислесиўдиң ең әҳмийетли бағдарларынан бири мәдений-гуманитарлық тараў. Бул бағдардағы байланыслар жедел раўажланбақта. Турақлы түрде фестивальлар, концертлер, ярмаркалар, спорт ҳәм басқа да илажлар өткерип келинбекте.

Өз-ара инновациялық бирге ислесиў ҳәм жаслар мәселесинде қатнасықларды кеңейтиў мақсетинде Президентимиз келеси жылы Өзбекстанда ҒМДА мәмлекетлери жас илимпазларының «Жаслар инновация тәрепдары» сүрени астындағы биринши конгрессин өткериўди усыныс етти.

Өзбекстан билимлендириў, илим, денсаўлықты сақлаў, спорт, мәденият ҳәм көркем өнер бағдарындағы биргеликтеги жойбарлар ҳәм бағдарламалар әмелге асырылыўында және де белсене жәрдемлесиў ҳәм қатнасыўға таяр екенлиги атап өтилди.

2023-жылы Санкт-Петербург қаласын ҒМДАның мәденият пайтахты деп жәрияланыўы ҳаққындағы қарар қоллап-қуўатланды. 2024-жылы мәденият пайтахты атын алыўға Самарқанд кандидатурасы алға қойылды.

Буннан тысқары, мәмлекетимиз басшысы ҳәр жылы шахмат бойынша Дослық Аўқамы ашық кубогин өткериўди усыныс етти.

Сөзиниң жуўмағында Өзбекстан жетекшиси ҒМДА  Атқарыў комитети басшысы – Атқарыў хаткери Сергей Лебедевтиң ўәкилликлери гезектеги мүддетке создырылыўын мақуллады ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровқа 2023-жылы шөлкемге басшылық жумысында табыслар тиледи.

Мәжилисте жетекшилер ҒМДА шеңберинде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў ҳәм әҳмийетли бирге ислесиў жойбарларын алға қойыў бойынша пикир алысты. Мәмлекет басшылары кеңеси қарарларының орынланыўын қадағалаўда ҒМДА Парламентлер аралық ассамблеясының салмақлы орын ийелейтуғыны атап өтилди.

Саммит нәтийжелери бойынша көп тәреплеме бирге ислесиўдиң ҳәр қыйлы тараўларына байланыслы бир қатар әҳмийетли ҳүжжетлер қабыл етилди.

Сол күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Орайлық Азия – Россия» саммитинде қатнасты.

Ушырасыўда Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт-Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов та қатнасты.

«Орайлық Азия – Россия» форматындағы бирге ислесиў, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысылды.

Мәмлекетимиз басшысы регионаллық шерикликти күшейтиў мақсетинде саўда-экономикалық, транспорт-коммуникация, энергетика ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы, қоршаған орталықты қорғаў бағдарындағы байланысларды және де жоқары басқышқа алып шығыўға қаратылған басламаларды алға қойды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҒМДА саммити шеңберинде Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен ушырасыў өткерди.

Орайлық Азияда көп қырлы бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм регионаллық шерикликти беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Президентлер жоқары дәрежеде ерисилген, бәринен бурын, товар алмасыўды көбейтиў, санаат, энергетика, транспорт, инфраструктура, аўыл хожалығы тараўларында тийкарғы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы келисимлерди әмелге асырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Сондай-ақ, регионаллық структуралар, соның ишинде,  ШБШ ҳәм ҒМДА шеңбериндеги бирге ислесиўге байланыслы мәселелер додаланды.

Соның менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Қазақстанға әмелий сапары жуўмақланды

ӨзА