Бүгин азанда Киевте және ҳаўа тревогасы жәрияланды, делинеди Киев қаласы администрациясының Telegram -каналы арқалы.

Россия Қураллы Күшлери өткен үш күн даўамында Украина инфраструктураларына жоқары анықлықтағы ракеталар менен соққы бермекте. Хабарда атап өтилиўинше, 10-октябрь күни Президент Владимир Путин Қәўипсизлик кеңесиниң турақлы ўәкиллери ағзалары менен болып өткен мәжилисинде бул соққылар Киевтиң Қырым көпиринде ҳәм Россияның басқа да пуқаралық объектлерине теракт шөлкемлестиргени ушын жуўап екенин айтқан.

Украина энергетика министри Герман Галущенконың атап өтиўинше, дүйшемби ҳәм шийшемби күнлери мәмлекет энергетика инфраструктураларының шама менен 30 проценти зыян көрген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги