Ташкент қаласында өткерилип атырған дзюдо бойынша жәҳән чемпионаты өзиниң шешиўши басқышына жетип келмекте.

Кеше Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Музаффар Тўрабоев -100 кг салмақта финальда канадалы Кайл Реести жеңип шығып, жәҳән чемпионы атағына миясар болды.

Бул чемпионлық Өзбекстан сайланды командасына екинши алтын медальды алып келип, улыўма командалық есапта дзюдошыларымызды ҳәзирше 3-орынға алып шықты.

Бүгинги күнге шекем Япония 5 алтын, 3 гүмис, 2 қола медалы менен 1-орында киятырған болса, Бразилия сайланды командасы 2 алтын 1 қола медалы менен 2-орынды, Өзбекстан 2 алтын медаль менен 3-орынды ийелеп тур.

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы