Әзербайжанның Нахичеван қаласында 16 жасқа шекемги шахматшылар арасында пүткил дүнья жүзилик шахмат Олимпиадасы болып өтти.
Онда жақсы нәтийжелерге ерискен Өзбекстанның биринши сайланды командасы өткерилген 9 тур жуўмағында екинши орынды ийелеўге миясар болды.
Өзбекстанлы жас өспиримлер жарыс даўамында 7 жеңис, бир теңбе-тең нәтийже ҳәм бир жеңилис пенен 15 упай топлаўға еристи. Олимпиадада Түркия сайланды командасы 18 упай менен биринши, Әзербайжан 13 упай менен үшинши орынларды жеңип алды.
Ал, бул жарысқа қатнасқан Өзбекстанның 2-сайланды командасы 11 упай менен 7-орынға ылайық деп табылды.
А.Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы