Усы күнлери Тащкент қаласында дзюдо бойынша жәҳән чемпионаты болып өтпекте.

Онда Токио—2020 Олимпиада ойынларының сыйлы орын ийеси Давлат Бобонов финальға шекем жетип барды.  Алтын медаль ушын болған беллесиўде италиялы палўан Кристиан Парлатиге қарсы гүреске түсип, оның үстинен жеңиске еристи ҳәм жәҳән чемпионы атағына миясар болды.

Финальға шекемги беллесиўлерде Бобонов словакиялы Петер Зилка, кореялы Жу Юп Хан, болгариялы Ивайло Иванов ҳәм Токио—2020 Олимпиадасы чемпионы, грузиялы Лаша Бекаурилерди жеңип шығыўға еристи.

10-октябрь күнги беллесиўлерде Бобоновтан тысқары 70 кг салмақта Шоҳиста Назарова ҳәм Гулноза Матниёзовалар да қатнасып, Назарова Қытай Таипейи ўәкили Ю Жунг Лиаоға қарсы гүреске түсип, иппон баҳасы менен жеңилип қалды.

Ал, Матниёзава болса ярым финальда хорватиялы Барбара Матич,  қола медалы ушын өтиў беллесиўинде германиялы Мириам Буткерейттен жеңилип қалды.

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы