Россия ишки ислер уйымлары миграция мүддетин создырмаған сырт ел пуқараларының мәмлекеттен өз ўақтында шығып кетиўин қадағалайды. Бул ҳаққында Россияның «Sputnik» жаңалықлар агентлиги хабар бермекте.
12-октябрьден баслап сырт ел пуқаралары Россиядан шығып кетиўи ямаса өзлериниң ҳуқықый жағдайын тәртипке салыўы керек. «Россия Президенти Владимир Путин бул ҳаққында тийисли пәрманға қол қойды», делинеди хабарда.
Колуга ўәлаяты ишки ислер басқармасының ғалаба хабар қуралларына мәлим етиўинше, полиция хызметкерлери нызамбузыўшыларды қолға алғанда, оларды орнатылған әмелдеги нызамшылыққа муўапық жуўапкершиликке тартыў шараларын көреди.
ӨзА