Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның кеше кеште россиялы кәсиплеси Владимир Путин менен болып өткен телефон арқалы сөйлесиўинде Украина кризисин шешиў перспективасы көрип шығылды, деп хабар бермекте «Анадолу» агентлиги.
«Президент Эрдоған Россия жетекшиси Путинди сөйлесиў ушын және бир имканият бериўге шақырды ҳәм бул процессте дәлдалшылық ролин атқарыўға таяр екенин айтты», делинеди мәлимлемеде.
Сондай-ақ, билдириўде «көбирек унамлы өзгерислерди тәмийинлеў ушын кескинликти азайтыў илажларын көриў зәрүрлиги» атап өтилген.
«Усы мүнәсибет пенен Түркия басшысы бул процессте, атап айтқанда, Россияға Украинаның бир қатар ўәлаятлары қосылыўы мәселесинде де илажлар көретуғынын айтты», делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги