АҚШ Донецк ҳәм Луганск халық республикалары, сондай-ақ, Херсон ҳәм Запорожье ўәлаятларының азат етилген аймақларында өткерилген референдумларды «пүткиллей жалған», деп есаплайды ҳәм ҳеш қашан «Россия Федерациясының суверен аймақларға даўасын тән алмайды». Бул ҳаққында АҚШ Президенти Жо Байден мәлим етти.
«Бул референдумлар жалған, пүткиллей жалған. Нәтийжелер Москвадан тоқылып шығарылған. Мәмлекетлик департамент хаткери Энтони Блинкенниң айтыўынша, «Қурама Штатлар ҳәм аўқамласларымыз, шериклеримиз Украинаның өз аймағын Россиядан қорғаў ушын гүресиўге жәрдем бериўин даўам етеди. Биз Украинаның халықаралық тән алынған шегаралары шеңбериндеги бирлиги, суверенитети, ғәрезсизлиги ҳәм аймақлық пүтинлигин толық қоллап-қуўатлаймыз».
Қарақалпақстан хабар агентлиги