АҚШ ҳүкимети зорлықты қаралайды. Бул ҳаққында Ақ үй администрациясының баспасөз хаткери Карин Жан-Пьер баспасөз әнжуманында айтты:
«Әлбетте, биз ҳәр қандай зорлықты қаралаймыз. АҚШ Президенти Жо Байден бәрқулла бул ҳаққында айтты. Оның пикиринше, әсиресе, мектепте зорлық жүдә әҳмийетли машқала».
Дүйшемби күни Ижевсктеги 88-мектепте атыспа жүз берип, 15 адам – төрт үлкен жастағы ҳәм 11 жас өспирим оқыўшы қайтыс болды. 24 адам, соның ишинде, 22 бала жараланған.
29-сентябрь Удмуртияда қурбанларды еслеў азалаў күни жәрияланды.
ӨзА