Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў Мәмлекетлик инспекциясы тәрепинен жоқары билимлендириў мәкемелериниң миллий рейтинги жәрияланды.
Миллий рейтингке кирген 92 жоқары билимлендириў мәкемесиниң жумыс нәтийжелилигине төмендеги 4 бағдардағы 20 индикатор тийкарында баҳа берилди.
– илимий изертлеў жумысы ҳәм билимлендириў-илим-өндирис интеграциясы;
– оқыў-методикалық жумысы ҳәм оқытыў сапасы;
– студентлердиң билими ҳәм питкериўшилердиң сапасы;
– спортты раўажландырыў.
Миллий рейтинг бойынша, ең жоқары нәтийжеге ерискен ЖООлар:
– «Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты» Миллий изертлеў университети;
– Өзбекстан миллий университети;
– Ташкент финанс институты;
– Самарқанд мәмлекетлик университети;
– Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты.
Ең төмен нәтийже көрсеткен ЖООлар:
– Термиз инженерлик технология институты;
– Өзбек миллий музыка көркем өнер институты;
– Ферғана жәмийетлик саламатлық медицина институты;
– Термиз агротехнологиялар ҳәм инновациялық раўажланыў институты;
– Қаршы мәмлекетлик университетиниң педагогика институты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги