20-22 сентябрь күнлери пайтахтымыздағы Туран ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академиясының стадионында Қарақалпақстан Республикасы спортты раўажландырыў министрлигине қараслы спорт мектеплериниң тәрбияланыўшылары арасында футбол бойынша Қарақалпақстан кубоги жарысы болып өтти.

Жарыс жуўмағында 2009-жылы туўылған балалар арасында 1-орынды Қарақалпақстан Республикасы ойын түрлерине қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби, 2-3-орынларды Қараөзек районы ҳәм Нөкис қалалық балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплери оқыўшылары ийелеген болса, 2010-жылы туўылған балалар арасында 1-орынды Хожели, 2-орынды Әмиўдәрья ҳәм 3-орынды Төрткүл районларының жас футболшылары ийелеўге миясар болды.

Жарыс соңында жеңимпаз командалар кубок, дәрежели Диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

-Бул жарыста жеңимпаз болған командалар Өзбекстан кубоги жарысына қатнасады,- дейди бизге Қарақалпақстан футбол ассоциациясының вице-президент Исҳақ Ибрагимов.-Сондай-ақ, келеси ҳәптеде Туран ҳәм балалар ҳәм жас өспиримлердиң футбол академиясы стадионларында 14 жастағы қызлар арасында Өзбекстан кубоги жарысы болып өтеди. Бунда бизиң республикамыз оқыўшылары да мүнәсип түрде қатнасып, сыйлы орынды қолға киргизеди, деп ойлайман.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы