Қазақстанда мүддетинен бурын президентлик сайлаў 20-ноябрьге белгиленген.
Талабан көрсетиў ҳуқықы белгиленген тәртипте дизимге алынған республикалық жәмийетлик бирлеспелерге тийисли.
Президентке талабанларға қойылған талаплар Конституцияда белгилеп қойылған: Қазақстан пуқарасы кейинги 15 жыл даўамында мәмлекетте жасаған, жоқары мағлыўматлы ҳәм кеминде 40 жас болыўы, мәмлекетлик тилди жетик билиўи шәрт.
Сондай-ақ, талабан ең көп мийнет ҳақының 50 есеси, яғный 3 миллион теңге (шама менен 6,2 мың доллар) муғдарында сайлаўға үлес қосыўы керек.
Усы жылдың 1-июль ҳалатына, Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен дизимге алынған сайлаўшылар 11,8 миллионды қурайды.
Ҳәр бир талабанды қоллап-қуўатлаў ушын Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен дизимге алыў басқышында сайлаўшылардың 118 мыңнан көп қолтаңбасы жыйналыўы керек.
Қарақалпақстан хабар агентлиги