Халық арасында саламат турмыс қәлпин кеңнен үгит-нәсиятлаў, елимизде футболды және де раўажландырыў  мақсетинде, 10-17-сентябрь күнлери Ташкент қаласында мини- футбол бойынша «Ўзбекинвест кубоги» жарысы болып өтти.

Оған «Ўзбекинвест» экспорт-импорт қамсызландырыў компаниясына қараслы жәмийетлердиң Ташкент қаласы, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы футбол командалары қатнасты.

Жарыста табыслы қатнасқан, бизиң республикамыз ўәкиллери дәслеп Хорезм ўәлаяты, соңынан Ташкент қаласы, ярым финальда болса, «Ўзбекинвест-Ассистанс»  жуўапкершилиги шекленген жәмийети командаларын утып шығып финаль жолламасын қолға киргизди.

Финаль ушырасыўында болса, республикамыз футболшылары Сурхандәрья командасы менен кескин гүрес алып барды ҳәм бул ойында да жеңиске ерисиўге миясар болды.

Ойыннан соң «Ўзбекинвест» экспорт-импорт қамсызландырыў компаниясы акционерлик жәмийети Бас директоры Р.Азимов сөзге шығып, футболшыларымызды қолға киргизген жеңиси менен қутлықлады ҳәм оларға арнаўлы кубокти салтанатлы жағдайда тапсырды.

-Жәмийетимизде спортқа, әсиресе, футболға қызығыўшылар көпшиликти қурайды,-дейди бизге «Ўзбекинвест» экспорт-импорт қамсызландырыў компаниясы Қарақалпақстан филиалы директоры Махмуд Муятдинов.-Хызметкерлеримиздиң турақлы спорт пенен шуғылланыўы нәтийжесинде, бүгин командамыз ағзалары усындай табысты қолға киргизди. Алдағы ўақытлары да жәмәәтимиз арасында спорттың басқа да түрлерин раўажландырыўға ҳәрекет етип, жаңа жеңислерге ерисе беремиз.

Адилбай Оразов, 

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы