Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 19-сентябрь күни елимиздиң ишки ҳәм сыртқы туризм потенцалын буннан былай да арттырыў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Биржақлама экономика  турақлы болмайды. Сонлықтан елимиз экономикасын структуралық жақтан реформалап, кең көлемли раўажландырыў илажлары   көрилмекте. Атап айтқанда, туризм драйвер тараўларынан бири сыпатында белгиленип, зәрүр шараятлар жаратылмақта.

Мәселен, туристлерге виза бериў жеңиллетилди. Аэропортларда гезек күтиўлер ҳәм тексериўлерге шек қойылды, жасыл коридорлар жаратылды. Валюта алмасыў арқайынласты. Туризм кәрханалары ушын социаллық салық ҳәм айланба салық ставкалары 1 процент етип белгиленди, жер салығы ҳәм мүлк салық ставкалары 90 процентке азайтылды. Мийман орынларының саны  2017-жылға салыстырғанда 3 есеге көбейип, 125 мыңға жетти. Мийманлар электрон дизимнен өткерилетуғын болды.

Быйыл туризм пандемиядан кейин қайта тикленип атыр. Сентябрьге шекем елимизге келген сырт елли туристлердиң саны 2021-жылға салыстырғанда 3 есеге көбейди. Жыл басынан берли туризм экспортының көлеми 926 миллион доллар болды. Елимизге келген мийманлардың саяхаты орташа 4-5 күнге шекем, жумсаған қаржысы 305 долларға шекем көбейди.
Ишки саяхат саны да өткен жылға салыстырғанда 3,5 есеге өсип,  7,5 миллионды қурады.

Президентимиз бул тараўға айрықша итибар қаратып, шараят жаратып атырғаны тегиннен емес. Себеби туризмнен табылған дәраматлардың 30 проценти адамлардың қолына мийнет ҳақы болып барады. Басқа тармақларда бул 10 проценттен аспайды. Туризм тараўында жаратылған бир жумыс орны ҳәр қыйлы тармақларда қосымша еки жумыс орны пайда болыўына түртки болады. Яғный, туризм де халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, дәраматын көбейтиў және хызметлер экспортын арттырыўда жүдә үлкен дәрек.

Мәжилисте туризм бойынша аймақлардағы жумыслардың жағдайы талқыланды. Бул бағдардағы үлкен имканиятлар ҳәм олардан пайдаланыў бойынша ўазыйпалар көрсетип өтилди.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Самарқандта «Уллы жипек жолы» халықаралық туризм орайы қурылғаны бизге белгили. Жақында ол жерде Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң саммити жоқары дәрежеде өтти. Бул көп тармақлы орайдың қурамында 8 заманагөй мийманхана, Конгресс орайы, «Мәңги қала» комплекси, амфитеатр ҳәм басқа да көплеген объектлер бар. Ол жылына 2 миллион туристке хызмет көрсетиўи мүмкин.

Мәмлекетимиз басшысы енди бул комплекске туристлерди тартыў, елшиханалар ҳәм сырт ел компаниялары менен биргеликте  «Самарқанд – Жаңа Өзбекстанның туризм дәрўазасы» брендин үгит-нәсиятлаў бойынша көрсетпелер берди.

Транспорт министрлигине жаңаланған Самарқанд халықаралық аэропортының имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў, сырт ел авиакомпанияларының рейслерине болған шеклеўлерди алып таслап, халықаралық қатнаўларды көбейтиў ўазыйпасы қойылды.

Усы жыл 26-апрель күни өткерилген мәжилисте қала ҳәм районларда туризм хызметлерин көбейтиў, бундай жойбарлар ушын 1 триллион сумлық кредит ресурсларын ажыратыў илажлары белгиленген еди. Буның орынланыўы талқыланып, ўәлаятларда туристлердиң баратуғын орынлардың азлығы, қаржылар еле исбилерменлерге жетип бармағаны көрсетип өтилди.

Ферғана ўәлаяты ҳәкими 5 район ҳәм 3 қаланы өз ишине алған «Алтын ойпатлық туристлик айланба»сын шөлкемлестириў бағдарындағы жумысларды айтып берди. Мәмлекетимиз басшысы бундай жойбарларды басқа аймақларда да әмелге асырыў,  интакерлерди финанслық ҳәм шөлкемлестириў жағынан қоллап-қуўатлаў зәрүрлигин атап өтти.

Сондай-ақ, суў бассейнлери, тоғай хожалығы жерлерин үйренип, қәўипсиз жерлерде туристлик зоналарды шөлкемлестириў мүмкин екени атап өтилди. Қарақалпақстан, Бухара, Қашқадәрья, Наўайы. Сурхандәрья, Ферғана ҳәм Хорезмниң шөл аймақларында «сафари» туризмин раўажландырыў бойынша усыныслар билдирилди.

Және бир потенциалы жоқары бағдар – зыярат туризми. Мәмлекетимизде 1 мың 200 ден аслам зыярат орынлары бар. Мәжилисте бул имканиятты толық иске қосып. жылына кеминде 1 миллион турист тартыў мүмкин екени атап өтилди.

Индонезия, Малайзия, Ҳиндстан, Пакистан, Бангладеш ҳәм араб еллеринен авиарейслерди көбейтиў, қәнигели гидлер таярлаў, зыяратханалардың шараятын ҳәм жолларын жақсылаў бойынша тапсырмалар берилди.

Елимизде туризмге қәнигелескен 135 мәҳәлле бар. Олардың көпшилиги узақ аймақларда болғаны ушын инфраструктура мәселеси әҳмийетли.

Сонлықтан Президент туризм мәҳәллелеринде жол, электр, суў ҳәм интернет машқаласын шешиў бойынша бағдарлама ислеп шығыўға көрсетпе берди.

Саяхатлар ушын автомобиль жоллары да әҳмийетли. Бирақ заманның талабы менен автомобильлердиң саны барған сайын көбейип бармақта. Мәселен, «Ташкент-Самарқанд» жөнелисинде бес жыл бурын суткасына 25 мың автомобиль жүрген болса, бүгинги күнде бул көрсеткиш 35 мыңға жеткен. Нәтийжеде жолға кететуғын ўақыт та көбейген.

Сол ушын елимиз қалалары арасында поезд ҳәм самолётлардың қатнаўларын көбейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Президентимиз туристлер ушын қолайлылықларды көбейтиў, тараўға байланыслы тәртиплерди сапластырыў мәселелерине айрықша тоқтап өтти.

Мәселен, бүгинги күнде мийманхана шөлкемлестириўге 97 талап бар. Исбилерменлердиң пикирлерин есапқа алып, бул талапларды халықаралық стандартлар тийкарында жеңиллетиў ўазыйпасы қойылды.

Туристлерди ишки ислер уйымларында дизимге алыў тәртибинде де қолайсызлықлар бар. Атап айтқанда, шет елден келген туристти мийманхана 2 күн ишинде, туўысқанының үйинде қалғанда болса, оның ийеси 3 күн ишинде ўақытша дизимнен өткериўи керек.

Ишки ислер министрлиги бул системаны талқылап, артықша шеклеўлерди алып таслаў бойынша тапсырма берилди. Бунда шет елли турислерди ўақытша дизимге алыўдың орнына онлайн хабардар етиў тәртиби орнатылады.

Сондай-ақ, туристлик агентлерге де лицензия талабы бийкар етилип, хабардар етиў тәртибин енгизиў режелестирилмекте. Бул арқалы қосымша 1 мың турагент пайда болыўына имканият жаратылады.

– Туризм – бул ҳәм инвестиция, ҳәм экспорт, ҳәм жаңа жумыс орынлары, ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў дегени. Сол ушын ҳәр бир аймақта бул тараўға айрықша итибар қаратып, көбирек туристлерди тартыў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Улыўма, келеси жылы 7 миллион сырт елли ҳәм 12 миллион жергиликли туристлерди тартыў, туризм экспортын 2 миллиард долларға жеткериў имканияты бар екени атап өтилди. Бул бойынша анық бағдарлар көрсетилип, орынланыўы ушын жуўапкер адамлар белгиленди.

ӨзА